«Мениң сүйген китабым» атамасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў кешеси

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайы Үлкетаныў мағлыўматлар секторы тәрепинен «Мениң сүйген китабым» атамасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Дөнгелек стол әтирапына жыйналған жаслар менен сәўбет кешесин О.Сейтмуратов ашты ҳәм жасларға қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған, миллий әдебиятымыздың мақтанышы болған сүйикли шайырымыз Өзбекстан қаҳарманы ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ҳәр бир қосығын сүйип оқығанлығын, шайырдын косыклары турли темага арналып, оларда терен философиялык мани, уатанды улуглау, тууган жерге мухаббат сезимлери толы болып, хар кандай окыушыны ерксиз озине тартатугынлыгын айта келип, талаба жаслар да шайыр поэзиясы менен танысыуын усыныс етти.
Сондай-ақ, кешеде филиалдың Тиллер кафедрасы өзбек тили оқытыўшысы Р. Ибрагимова жасларға өзи оқыған китапларының ишинен ең жақсы көрип оқыған китабы Өзбекстан қаҳарманы ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың Карақалпақ дәстаны трилогиясынан “Маман бий әпсанасы” романы екенлигин айтып өтти.
Студент жаслардан Хилола Абдирахманова өзи қосықлар оқыўды жақсы көретуғынлығын, сол себеп болса керек Өзбекстан халық шайырасы Зульфия Исрайлованың китапларын жақсы көрип оқыйтуғынлығын айтып, «Мушайра» китабынан “Он сегиз жас” қосығын оқып берди. Расул Дошниязов болса шайыр Әбилқасым Өтепбергеновтың “Аллада есап бар” шығармасының қысқаша мазмуны менен таныстырды.
Үлкетаныў мағлыўматлар секторы тәрепинен студент жаслардан келип түскен сораўлар бойынша китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди ҳәм көргизбеге Г.Асаматдинова шолыў жасады.