Тебриз университети профессорлары менен ушырасыў

Усы жылдың 29-март күни ТашМАУ Нөкис филиалында Тебриз университети профессорлары доктор Малеки Мухаддам Мухаммад Ризо Хусейн ҳәм де Бобопур Мухаммад Алибаба менен ушырасыўы болып өтти. Мийманларды филиалымыз директоры Е.Ш. Төрениязов күтип алды ҳәм ушырасыў даўамында бирге ислесиўди күшейтириў бойынша алып барылыўы тийис ис-илажлар додаланды. Ɵз гезегинде Иранлы илимпазларда балықшылық тараўында ең тийкарғы алып барылыўы тийис болған жумыслар бойынша өз көмегин бериўге таяр екенлигин билдирип, ҳәзирги ўақытта олар Узбекстан Республикасы Ташкент ўәлаятында аквакультура  бойынша алып барып атырған жумысларының нәтийжелерин мақтаныш пенен атап өтти. Соның менен, тәреплер бирге ислесиўди мақуллап тез арада ис баслаўды режелистирди.

Германияның  JD East фирмасы ТашМАУ Нөкис филиал менен шәртнама дүзди.

Ɵзбек, қарақалпақ ҳәм немис халықларының өз-ара дослық мүнәсибетлерин ҳәм интеллектуал раўажланыўын тереңлестириў, аўыл хожалығы ҳәм туризм бағдарларында билимлендириў ҳәм ислеп шығарыў әмелияты тараўында шериклик байланысларды раўажландырыў мақсетинде Германияның  JD East фирмасы менен Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы ортасында усы жылдың 25 март куни бирге ислесиў бойынша  шәртнама дүзилди.

Шәртнамаға тийкар шарўашылық, қусшылық тәлим бағдарларында оқып билим алып атырған шет тиллерин терең меңгерген  студентлер Германияның ислеп шығарыў кәрханаларында әмелият өтеў имкәниятына ийе. Сондай-ақ әмелият қатнасыўшылары ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм шөлкемниң арнаўлы сертификатын қолға киргизеди.

Шет елде тәжирийбе арттырыў ҳәм билимлендириў

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы  ICBA,FAO, ERASMUS+ , GIZ, KOICA, JICA, USAID   ҳәм басқа сырт ел шөлкемлери ҳәм дәстүрлер шеңберинде өзара бирге ислесиўлер әмелге асырылмақта. Филиалымыздың  профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң ҳәр қыйлы халықара шөлкемлер тәрепинен  шөлкемлестирилген жойбарларда қатнасыў  шет ел ЖООларда тәжрийбе асырыў халықара форумлар ҳәм оқыў курсларда қатнасыў сияқлы бир қанша имкәниятларға ийе. 2017-жылда «Дийқаншылық, aгрохимия, топрақтаныў» кафедраси ассистенти Б.Жоллыбеков  JDS Япония  халықара бирге ислесиў орайы (JICE) тәрепинен Токио аўыл хожалығы ҳәм технология университети доктарантурасында оқыў ушын грант ийеси болды ҳәм 2020-жылда табыслы тамамлап ҳәзирги ўақытта филиалымыз студентлерине сабақ берип келмекте. Бунан тысқары 2019-2020-жыллар аралығында филиалымыздан жәми 20 дан зият профессор-оқытыўшылары шет елде өткерилген оқыў курслары семинар-тренинглер халықара илимий конференциялар, тәжрийбе асырыў курсларында қатнасты. Сондай-ақ 5 илимий-хызметкеримиз Европа шөлкеминиң жойбарлары шеңберинде  Португалия, Италия, Эстония мәмлекетлеринде илимий-әмелий қәнигелигин асырып қайтты. Ҳәзирги ўақытта  2 студентимиз ҳәм 1 магистрантымыз Германияның  PRAXX  шөлкеми менен дүзилген бирге ислесиў шартнамасына тийкарланып фермер хожалықларында 6 ай мүддетке оқыў әмелиятын алып барыў ушын жиберилди.

            Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-2909 ҳәм ПҚ-3775 қарарларында белигиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм университетимизде билимлендириў системасын жәнеде раўажландырыў, шет ел тәжрийбелерин енгизиў мақсетинде жетекши сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлар, халықаралық шөлкемлерден профессор-оқытыўшылар  ҳәм илимий хызметкерлер университетимиз студентлерне сабақ өтиў, профессор-оқытыўшыларымыз бенен  биргеликте илимий-тәжрийбе ислерин алып барыў ушын турақлы түрде мирәт етиледи.  2019-2020 оқыў жылда Япония, Қазакстан, Германия, Франция, Россия мәмлекетлеринен 20ға жақын шет еллик  мийманлар келген болса, олардың 10ға жақын ҳәр түрли пәнлер бойынша студентлерге сабақ бериў ушын қамрап алынды.

             Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агробиология факультетиниң “Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў” тәлим бағдары 4-курс студенти Б.Ерекеев ҳәм Балықшылық ҳәм жипекшилиги факультетиниң “Ветеринария” тәлим бағдары 4-курс студенти Д.Аминов 2019-жылдың ноябрь айынан 2020-жылдын май айының соңына дейн Германияның PRAXX дәстүри бойынча аўыл хожалығында әмелият жумысларын алып бармақда.

                                                   

                                                                     

 

        “Халықаралық бирге ислесиў” бөлими Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында 2016-жылдың январь айынан баслап дүзилген болып, ҳәзирги күнге шекем филиал профессор-оқытыўшыларының шет елде тәжирийбе арттырыўы ҳәм Европа университетлеринде шөлкемлестирилген оқыў курсларында қатнасыўы бойынша бир қатар ислер әмелге асырылған. Мәселен, 2016-жыл февраль айында филиалымыздың профессор-оқытыўшылары, студентлери “Еrasmus + билимлендириў” дәстүри бойынша семинарда актив қатнасып, нәтийжеде ассистент Ш.Шаниязов, 1-басқыш магистранты Х.Машарипова Словакия, Белгия, Италия мәмлкетлери университетлери грантлар дәстури жеңимпазы болып, 2016-жылдың 27-февраль айынан 21-май күнлери даўамында болып өткен оқыў курсына әўметли қатнасып қайтты.

         “Дийханшылық, агрохимия ҳәм топырақтаныў” кафедрасы ассистенти Б.Жоллибеков JDS Япония халықаралық бирге ислесиў орайы (JICE) тәрепинен докторантурада оқыў ушын грант жеңимпазы болды ҳәм ҳәзирги ўақытта Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялары университети докторантурасында билим алмақта.

         Билимлендириў системасын жетилистириў ҳәм шет ел тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде 2018-жыл 12-19-апрель күнлери филиал оқыў ҳәм илимий ислер бойынша директор орынбасары Н.Абсаттаров Россия федерациясының Кубан мәмлекетлик аграр университети ҳәм Ставраполь мәмлекетлик аграр университетине хызмет сапарына барып келди. Сапар даўамында жоқары оқыў орынларының структурасы, билимлендириў процессинде заманагөй инновацион технологияларды қолланыў тәжирийбеси бойынша ушырасыўларда қатнасты. Өзара бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды. Келешектеги бирге ислесиў бойынша “Жол картасы” ислеп шығылды.

         Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 87-03-1946 санлы хатында көрсетилген Ҳиндстан техникалық ҳәм финанслық бирге ислесиў (ITEC) окыў дәстүри шеңберинде филиалымыздың “Аўыл хожалығын механизацияластырыў” кафедрасы ассистенти Р.Шербаев 2018-жыл 17-21-сентябрь күнлари “International Write-Shop On Project Formulation: Climate Change Adaptation And Mitigation” курсында қатнасты, филиал ҳаққында, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлери ҳаққында презентация иследи ҳәм курс жуўмағында сертификат берилди.

         Эрасмус + дәстүриниң  586000-ЕРР-1-2017-1-PТ-ЕРРКА2-СВНЕ-JР BUzNET «B-learning Uzbekistan Veterinary Network» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген оқыў курсында қатнасыў мақсетинде “Зоотехния ҳәм ветеринария” кафедрасы баслығы С.Ешмуратова ҳәм “Аўыл хожалық өнимлерин сақлаў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы” кафедрасы ассистенти Ш.Шаниязов 2018-жыл 22-октябрь – 22-декабрь аралығында Италия мәмлекетиниң Пиза ҳәм Падова университетлери, Португалия мәмлекетиниң Порту университети ҳәм Эстония мәмлекетиниң Тиришилик илимлери университетлерине сапар етти.