Қызлар спортта да белсенди

8-март «Халықаралық ҳаял-кызлар» байрамы мүнәсибети менен филиалымызда қызлар арасында спорттың волейбол түринен жарыс болып өтти. Онда 3 факультеттен жәми 10 команда қатнасып өз-ара беллести. Қызгын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, Агробилогия факультетиниң «Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдарының студент қызлары 1-орынды, Агроинженерия ҳәм инвестициялық искерлик факультетиниң «Жер кадастры ҳәм жерден пайдаланыў» тәлим бағдары қызлары 2-орынды, Агробилогия факультетиниң «Агрономия» тәлим бағдарының студент қызлары 3-орынды жеңип алды. Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шолкемлестириўшилер тәрепинен дифлом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында

“Таълим муассасалари ҳафталиги” даўамында өткизилген

спорт тәдбирлери фото сүўретлери