Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 10-февраль күнги “Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесине басқышпа-басқыш толық өтиўди тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы 61-санлы қарары ҳәм 2021-жыл 1-июльдағы 30/1-2308-санлы хаты мәмлекетимиздеги барлық орын, көше, атамалар, шөлкемлердиң атлары, маңлайшалар, ғалаба хабар қураллары, реклама ҳәм дағазалар, ис қағазлары ҳәм бланклардың латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесинде болыўын тәмийинлеў мәселесине қаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статьясында “Қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тиллери. Қарақалпақстан Республикасы өз аймағында жасайтуғын барлық миллет ҳәм елатлардың тиллери, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин тәмийинлейди, олардың раўажланыўы ушын шараят жаратады”-деп көрсетилген. Демек, Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик тил тек қарақалпақ тили емес, ал қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери болып есапланады. Ис қағазлары, рәсмий ҳүжжетлер усы еки тилде алып барылады.

Қарақалпақстан Республикасының этникалық қурамы көп миллетли халықлардан турады. Бул жерде қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм тағы басқа миллет ҳәм елатлар тыныш-татыў жасап келмекте. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Республикамызда тәлим қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен тиллеринде алып  барылады.

Мәмлекетимизде мәмлекетлик тил, латын жазыўына өтиў мәселелери нызам дәрежесинде қабыл етилген. Атап айтқанда, 1989-жылы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам, 1994-жыл 26-февральда «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилген. Нызам болғаннан кейин, әлбетте, оның орынланыўы лазым.

Буннан тысқары, 1994-жылдан 2020-жылға шекем жоқарыда көрсетилген еки нызам тийкарында ис жүргизилген болса, соңғы жылда мәмлекетимизде тил сиясатына байланыслы 17 ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер қабыл етилди. Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумы тәрепинен «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абыройын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 135-санлы арнаўлы қарары қабыл етилди. Мине, усы қарар тийкарында Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилди, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясы дүзилди.

2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәмде тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламасы, Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондын дүзиў ҳаққында, латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине өтиў ҳаққында қарар жойбарлары ҳәм жол карталары таярланып, белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизилди. Сондай-ақ, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамыныӊ жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 20-октябрьдеги     ПФ-6084-санлы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл                       10-февральдағы 61-санлы Қарарына муўапық, 2023-жылдан баслап латын жазыўынан пайдаланыўға толық өтиледи. Бул болса ғәрезсизлик жылларындағы ең үлкен реформалардан бири болып есапланады.

Латын жазыўына толық өтиў барысында артықша қәрежетлер талап етилмейди. Себеби, қарақалпақ мектеплеринде, мектепке шекемги шөлкемлерде, орта ҳәм жоқары оқыў орынларында 1995-жылдан баслап сабақлар латын жазыўында жүргизилмекте. Бүгинги күнге келип Қарақалпақстан халқының 60 проценттен көбиреги латын жазыўында оқып саўат ашқан жаслар болып, бул жазыўды жетик биледи.

Латын жазыўына тийкарланған әлипбени толық енгизиў бойынша жумысларды жеделлестириў мақсетинде қабыл етилген нызам ҳүжжетлери кирилл ҳәм латын жазыўларының қатара қолланылыўына шек қойып, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста бирден-бир – латын жазыўына үзил-кесил өтиўди нәзерде тутады.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллеринен ибарат 35 миллион халық жасайды. Олардың тилин, мәдениятын ҳүрметлеў ҳәм раўажландырыў ушын бәрше имканиятлар жаратылған. Нызам ҳүжжетлеринде көрсетилгениндей, ата-аналар перзентлерин қәлеген тилде билим бериўши мектеплерге бериў ҳуқықына ийе.

Жоқарыдағылардан келип шығып айтатуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-июль күнги 30/1-2308-санлы хатында “мәмлекетимиздеги барлық орын, көше, атамалар, шөлкемлердиң атлары, маңлайшалар, ғалаба хабар қураллары, реклама ҳәм дағазалар, ис қағазлары ҳәм бланклардың латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесинде болыўы тәмийинленсин”-деген көрсетпеси тил ҳаққында емес (Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик тиллер-қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери, ана тилимиз-қарақалпақ тили болып қала береди), ис қағазлары, ҳәр түрли бланклар бурынғыдай мәмлекетлик тилде (қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде) жүргизиледи, тек ғана латын жазыўына тийкарланған әлипбеде алып барылады.

Демек, латын жазыўына өтиў – дәўир талабы болып, бул жазыў – ўақтынша нақолайлық, мәңги қолайлық туўдырады.

 

Пердеғалий Дабылов,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси-департамент баслығы