Профессор Сәрсенбай Шамшетовтың 70 жыллық юбилей кешесине арналған ушырасыў өткерилди

Бүгин институтымызда халқымызға белгили профессор, техника илимлериниң докторы, «Самбо» бойынша бир неше рет Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикистан ашық чемпионатларының, соның менен бирге халық-аралық турнирлердиң жеңимпазы Сәрсенбай Нуратдинович Шамшетовтың 70 жыллық юбилей кешесине арналған ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда шығып сөйлегенлер, профессордың мийнет жолы, ислеген ерликлери, инсаныйлық пазыйлетлерине айрықша тоқтап өтип, толып атырған юбилей жасы менен қутлықлады. Сондай-ақ, С. Шамшетовтың илимий мийнетлери көп еллерде жарық көрген 140 тан зыят мақала ҳәм 7 монография болып баспадан шықты. Ол 20 дан аслам авторлық гүўалық ҳәм патентлерге ийе екенлигин мақтаныш пенен тилге алды.