Қарақалпақстан Республикасында 7-10-июнь күнлери аралығында жаслар фестивалы болып өтеди

7-июнь — Бозатаў районы амфитеатырында фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресими;
8-9-июнь — Нөкис қаласы Савицкий музейи майданында гала-концертлер;
9-июнь — Бозатаў районы стадионында «Жаслар ҳаўазы» фестивалының жуўмағы ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў;
10-июнь — Нөкис қаласы Савицкий музейи майданында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» фестивалы жуўмағына бағышланған үлкен гала-концерт.

Фестиваль шеңберинде күтилген ҳәм күтилмеген жулдызлар шығыўлары, тәкирарланбас салютлар шоусы өткерилип, сюрпризлер күтпекте.

Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы хабар бермекте.