Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы» байрамы алдынан ушырасыў өткерилди

Ушырасыўды филиал директоры Е.Ш.Төрениязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол дәслеп келген мийманлар менен таныстырып, залға жыйналып отырған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жасларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы байрамы менен қутлықлап, алдағы жумысларында ҳәм оқыўларында табыслар тиледи. Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Гимнлери атқарылды.
Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўиниң тарийхый әҳмийети, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысымыздың демократиялық раўажланыў жолларын көрсетип бериўши, миллий ҳуқық системасының негизин салыўшы Нызам екенлиги, инсан ҳуқуқларының жер жүзлик декларациясына, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларына сәйкесленип, бийбаҳа дәстүрлеримизди, өзимиздиң өзгешеликлеримизди есапқа алыў менен ислеп шығылған тарийхый ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында кең түсиниклер берип өтти ҳәм де Конституцияны ҳәмийше үйренип барыўымыз, билиўимиз зәрүрлигин атап өтти.
Конституциямыздың қайсы бир статьясын алып қарамайық, оның қайсы бири ҳаққында сөз етпейик, онда адамлар ҳуқықы, еркинлиги, мәпи, инсан ҳуқықларының декларациясына сәйкес келетуғынлығын мақтаныш пенен тилге алды. Конституция бизлердиң тийкарғы Нызамымыз- бахыт Нызамы болып халқымыздың ийгилиги ушын хызмет ете беретуғынлығына исенимимиз мол екенлигин айтып өтти.

Филиал баспасөз хызмети