Филиал студентлери «Китапқумарлық» ҳәптелигинде

Бүгинги күнге келип китапқумарлықты еле де раўажландырыў, бәрше жасларды китап пенен досластырыў мақсетинде елимизде кең көлемли жумыслар алып барылмакта. Қала берсе быйылгы жылдан баслап апрель айының дәслепки ҳәптесин «Китапқумарлық» ҳәптелиги деп аталыўының өзи де китапқумарлық мәдениятына қаратылған үлкен итибардың белгиси. Хабарыңыз бар усы жылдыӊ 5-9-апрель күнлери Нөкис қаласы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында өткерилип атырған «Китапқумарлық» ҳәптелиги өткерилиўи белгиленген еди. Мине усы ҳәптеликке ТашМАУ Нөкис филиалы студент жаслары белсене қатнасты. Ҳәптелик шеӊберинде студент жаслар жаңа китаплар менен танысып, жазыўшы хәм шайырлар менен саўбетлесип өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Бундай иләжлардың өткерилиўи жасларды китап пенен дос болыўға ийтермелейди.
Инсан китап оқымай ҳеш қандай шоққыларға ерисе алмайды, китап инсанның ең жақын досты ҳәм мәсләҳәтшиси, билимниң ғәзийнеси.

Филиал баспасөз хызмети