Филиалымыз профессоры ИСМАЙЛОВ УЗАҚБАЙ ЕМБЕРГЕНОВИЧ “МИЙНЕТ ПИДАЙИСИ” көкирек нышаны менен сыйлықланды

Мәмлекетимиз Президенти 2016 жыл 28 декабрда республикамызға көп жыллардан берли өзиниң куш-ғайраты менен тынымсыз хизмет қылып киятырған нуранийларымыздың мийнетлерин есапқа алып “Өзбекстан пидайиларын социаллық қоллап-қуўатлаў “Нураний” жамғармасы искерлигин жәнеде жетилистириў ис-иләжлары туўрысында”ғы парманы қабыл қылынған еди. Усы парманға муўапық филиалымыздың «Дийханшылық, аўыл хожалық егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилиги» кафедрасы профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Исмайлов Узақбай Ембергенович екинши дәрежели “Мийнет пидайиси” көкирек нышаны ийеси болды.

 

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жәмаати устазымызды усы сыйлық пенен қутлықлайды.