Ташкент мәмлекетлик аграр унверситети Нөкис филиалы «Мийўешилик ҳәм жүзимшилик» тәлим бағдары 1-курс студенти Абдумуталов Әзизбектиӊ мүрәәжәти қанаатландырылды. Яғный ол оқыўдан тысқары ўақытта Калифорния қызыл жаўын қуртын бағыў ушын бир бөлме ажыратып бериўди сораған еди. Оныӊ бул мүрәәжәтине бола филиалымыздан бир қолайлы бөлме ажыратып берилди.

Ҳәзирги ўақытта Әзизбек өз жумысларын баслап жиберди ҳәм қуртларды таяр ҳалына келтирип сатыў жумысларында алып бармақта. Калифорния қызыл жаўын қуртын бағыў Әзизбектиӊ алдына қойған мақсети. Ол усы мақсетиниӊ нәтийжесинде өзиниӊ бәнтлигин тәмийинледи.

Оныӊ және бир алдына қойған мақсетлериниӊ бири халқымызға «AGRO BIOGUMUS» бренди менен тәбийий органикалық төгинлер ислеп шығарыў болып табылады.