« Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультет басқышы Агробиология факультети студентлери арасында өткерилди. Таӊлаўға 4 команда қатнасқан болса олар Сәлемнама шәртинде театрластырылған көринислери арқалы өзлерин таңлаған кәсибин тәрийиплеп, таӊлаған кәсиби менен мақтаныш етиўи сезимлери, кәсибиниң өзгешелик белгилери жәмийеттиң раўажланыўында тутқан орны ҳаққында сөз етти.

2-шәрт. Қысқа ҳәзиллер шәрти
Бул шәртте командалардан 2 қатнасыўшыдан қатнасты ҳәм командалар оқып еситтирген қысқа ҳәзиллердиң мазмуны, глобаллығы, ҳәзил-дәлкекке байлығы ҳәм де қатнасыўшылардың қуўнақлығы, тәжирийбеси баҳаланады.

3-шәрт. “Жаңа ренессанс, жаңа ҳәзиллер!”
Бул шәртте командалар шәрт атамасы мазмунынан келип шығып студентлик жаслық дәўирдиң машқалалары жетискенликлерин идея хәм басламаларын сахналық көринислеринде сәўлелендирди.

Бир-биринен қызықлы шәртлерден қуралған « Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўыныныӊ жуўмақлаў басқышына да нәўбет жетип келди.

Дерлик бәршени күлиўге мәжбүр еткен, ҳазил-дәлкеклери менен қатнасыўшылардыӊ кеўлинен орын алған «Палызшылык ҳәм савзовотшылық» тәлим бағдарыныӊ «Аграр жаслары» командасына 1-орын несип етти. 2-орынды «Ɵсимликлерди қоргаў» тәлим бағдарыныӊ «Шашлик» командасы ийелеген болса, 3-орынды «Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў» тәлим бағдарыныӊ «Қаракеӊ» командасы жеӊип алды.
Таӊлаў жуўмағында төрешилер қурамы жәмәәти шығып сөйлеп таӊлаўдыӊ филиал басқышын комик актиор Илҳам Саймановтыӊ естелигине арнап өткериў усынысын билдирди. Ɵз нәўбетинде бул усынысты филиал жәмәәти де қоллап қуўатлап, усындай таӊлаўлардыӊ жәмийетте тутқан орны айрықша екенлиги ҳаққындағы баҳалы пикирлерин билдирди. Таӊлаў жуўмағында шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары жеӊимпазларға тапсырылды.
Қосымша етип айтып өтиўимиз тийис, бул факультет баскышында 1-ҳәм 2-орынды ийелеген командалар филиал басқышына қатнасыў имкәниятына ийе.