
Балықшылық ҳәм жипекшилик факультетинде “ДЕКАН КУБОГЫ” жарысы шөлкемлестирилди
ТашМАУ Нөкис филиалының Балықшылық ҳәм жипекшилик факультети тәрепинен 7-апрель күни спорттыӊ футбол (мини) түри бойынша жәми 14 команда қурамында “ДЕКАН КУБОГЫ” жарысы шөлкемлестирилди ҳәм жеӊимпазлар анықланды.
1-орынды 4-курс Аўыл хожалығында менежмент топары командасы
2-орынды 1-курс Зооинженерия (қаракөлшилик) топары командасы
3-орынды 1-курс Ветеринария (ири шақлы маллар кеселликлери) топары командасы ийеледи. Жарыс жуўмағында 1-курс Зооинженерия (қаракөлшилик) топары студенти Аллаев Иззат «Еӊ жақсы ойыншы», 1-курс студенти Ветеринария (ири шақлы маллар кеселликлери) топары студенти Узақбергенов Бахрам «Еӊ жақсы дарўаза қорықлаўшы» номинациясы дипломы менен сыйлықланды.

Филиал баспасөз хызмети
(+99861) 229-27-01
qaxai_info@tdaunukus.uz