USAID шолкеминиң семинары
2021-жылдын 15-16-июн кунлери филиалымызга АҚШдың USAID шолкеминиң ўакили Умид Сайфутдинов келди. Келиуден тийкарғы мақсет «Агробизнести рауажландырыу» жойбары шеңберинде «Ауыл хожалығында агрохимикатлардан дурыс пайдаланыу жолларын уйретиў» атамасындағы семинарды отиу болып есапланды. Семинарда филиалымыз профессор-оқытыушылары, магистр, докторант студентлер ҳәмде кызығыушылар менен биргеликде республикамыздың узақ аймакларынан келген фермер хожалықлары ўакиллери қатнасды. Семинар дауамында қатнасыушылар озлериниң қызыққан сорауларына жўуплар алды.