ERASMUS+ халық аралық кредит мобиллиги жойбары шеңберинде Қарақалпақстан аўыл хожалыгы ҳәм агротехнологиялар институты менен Португалияның Порто университети (https://www.up.pt/portal/en/) академиялық бирге ислесиўди буннан былай раўажландырып, келешектеги билимли қәнийгелерин таярлаўды мәқсет етпекте. Таңлаўға қатнасыў ушын барлық билим багдары бойынша талапкерлер (администрация хызметкерлери менен оқытыўшылар) мирәт етиледи.
Талапкерлер мынадай лаўазымға ҳүжжетлерин усынады:
- Хызметкерлер менен оқытыўшыларга 1 ҳәптелик қысқа курс ушын грант
Ҳүжжетлерди тапсырыў ушын төменде көрсетилген онлайн форматқа кирип, анкетаны толтырыўыңыз ҳәм талап етилген қосымша ҳүжжетлери жүклеўиúиз керек.
МҮДДЕТ: Ҳүжжетлер 2023-жылдың 16-февраль саат 18:00 ге дейин қабылланады.
Байланыс ушын: жойбар координаторы Бахытбай Палуанов bpaluanov@gmail.com
Халық аралық байланыслар бөлими тел.: +99861229-25-23