Бельгиялық профессор тәрепинен «Арал теңизи аймағында артемияны ислеп шығарыў ушын экологигиялық  таза потенциал» темасында семинар өтилди

2021-жылдың 24-май куни институтимизға Бельгиянын Гент университети профессори Патрик Соргелоос GIZ шолкеминиң ECO-ARAL жойбары шеңберинде келди. Дәслеп мийманымызды профессор Е.Ш. Торениязов кутип алды. Келиуден тийкарғы мақсет Арал теңизи аймағында жайласқан жерлерде артемиянын ислеп шиғаруын кобейтиу болып есапланады. Профессор оз хызмет сапарында Арал теңизи бойына барып изертлеулер алып барды ҳамде сонын тийкарында филиалымыз профессор-оқыутыушылары ҳамде студентлерине «Арал теңизи аймағында артемияны ислеп шығарыу ушын экологик таза потенциал» темасында  семинар отди. Семинар дауамында Қаракалпағистан Республикасы аймағы артемияны жетеситириу бойынша жуда қолай аймақ екени айтып отилди.