Хабарыңыз бар, Жоқары оқыӯ орынларына ҳүжжет қабыллаӯ карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиӯ мақсетинде онлайн түрде өткерилмекте.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы абитуриентлердиң артықша әӯерегершиликлерин болдырмаӯ, оларға қолайлық жаратыӯ мақсетинде район (қала) Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жоқары оқыӯ орынларына онлайн ҳүжжет тапсырыӯда жәрдем беретуғынлығын мәлим етип билдиреди.

Абитуриентлер ѳзлери жасап турған район ямаса Нѳкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайларына ҳәптениң дүйшемби ҳәм жума күнлери аралығында саат 09:00 ден 18:00 ге шекем мүрәжат етиӯи мүмкин.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы