Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл  3-декабрдеги ПҚ-4910-сан ҚАРАРының орынланыўын тәмийинлеў,  академиялық лицейде талим сапасын асырыў, илимге қызығыўшы зийрек студентлерди таңлап алыў ҳәм питкериўшилердиң жокары окыў орынларына кириў көрсеткишлерин асырыў махсетинде 7-апрель күни Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы академиялық лицейинде Францияның Гренобль университетиниң 2-курс магистрантлары Пеан Тибауот Еммануел Патрик Марие, Куиллиоу Хуго Жаскуес Емиле ҳәм Десмуллиез Лео Артур Ноеллер мийманда болып, оқытыўшылар ҳәм оқыўшылар менен ушырасты. Мәжилисти Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы директорының оқыў ҳәм тәрбиялық ислер бойынша орынбасары, академиялық лицей директоры Н.Абсаттаров ашып берди ҳәм келген мийманларды таныстырып, махсет, уазыйпалары ҳаққында токтап өтти. Буннан соң мийманларға өзлериниң магистрлик жумыслары бойынша алып барып атырған илимий жумыслары менен таныстырыуды усынды.

Магистрлардың илимий жумыслары Қарақалпақстан ушын әҳмийетли болған шөл жерлерде ишимлик суўын алыў яғный күнниң ысыўы ҳәм суўыўы нәтийжесинде пайда болатуғын процесстен ишимлик суўын алыў (шық түскен ўақытта), ағын суўдан электр энергиясын алыў ҳәм үй шараятында пайдаланыўға қаратылған. Презентациядан соң окыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларын берди ҳәм жуўаплар алды.

Жыйналыс соңында франциялы магистрлар филиалда 4 ай даўамында илимий изертлеўлер алып барыўын ҳәм усы дәўирде академиялық лицей оқыўшылары менен байланыста болып турыўын айтып өтти.