Вьенамлы қәнийгениң сабағы

2021 жылдың 4-май куни Вьетнам ауыл хожалық академиясының қасындағы дала егинлери илмий-изертлеу институты қәнийгеси доктор Фарм Ва Нгиа филиалымызга келди. Келиуден тийкарғы мақсет Агробиология факультетиниң 4А ҳәмде 4V Агрономия топарларына “Вьетнам ауыл хожалығы” ҳәмде “Вьетнамда гуриш осириу ҳамде жетистириу” темаларында сабақ отиу есапланды. Студент жаслар белсенди қатнасып озинин қызықтырған сорауларын жуўплар алды.