Ilimiy-izertlewlerge -tiyisli elonlar

Tashkent mámleket agrar universiteti Nókis filialı kafedralarında iskerlik kórsetip atırǵan professor – oqıtıwshılardıń ilimiy potencialı

Filialda 2020-jilda tiykarg`i shtatta uliwma 154 professor oqitiwshi jumis alip barmaqta. Sonnan 10 pán doktorlari, 36 ilim kandidatlari 15 filosofiya doktori (PhD) ilimiy dárejeli professor-oqitiwshilardi quraydi. Filialda jumis alip barip atirg`an pán doktorlariniń ortasha jasi 56,2, ilim kandidatlariniń ortasha jasi 55,1 PhD lardiń 41,9% quraydi. O`zbekstan Respublikasi Innovatsion rawajlaniw ministrligi tárepinen dag`aza qiling`an Joybarlar tańlawinda qatnasiw ushin 6 (4 ámeliy, 1 fundamental, 1 ınnovatsion) joybarlar dizimnen ótti.

ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎ ЖУМЫСЛАРЫ

Илмий–изертлеў искерлиги

Улыўма мағлыўматлар

Филиалдың илимий потенциалы ҳаққында

       Ҳәзирги күнде Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар саны-161, соның ишинде илим докторы ҳәм профессорлар-8, илим кандидаты ҳәм доцентлер-18, философия докторлары-27, үлкен оқытыўшы ҳәм ассистентлер-108. Профессор-оқытыўшылардың илимий потенциал-33,0 %, орташа жасы болса-51 жасты қурайды.   

Илимий–излениўшилер ҳаққында мағлыўмат

       Бүгинги күнде филиалда, 7 қәнигелик бойынша 7 таяныш докторантлар, 2-докторантлар, 4 өз бетинше излениўшилер диссертация жумысларын алып бармақта. Сондай-ақ, 50 ден артық жас профессор-оқытыўшылар докторлық диссертациялары үстинде илимий-изертлеўлер алып бармақта.

  2017-2018-жылларда ҳәр қыйлы филиал ҳәм илимий-изертлеў институтлар Илимий кеңеслеринде жәми 8 қорғаў, соннан 5  философия докторы ҳәм 3 илим докторы диссертацияларын қорғады.

   2019-жылы усы илимий кеңеслерде 4 өзбетинше ҳәм еркин излениўшилер докторлық диссертацияларын (PhD) қорғаўы режелестирилмекте.

   Соңғы үш жыл даўамында университеттиң профессор-оқытыўшы ҳәм излениўшилери 4 философия докторы (PhD) ҳәм 4 илим докторы (DSc) диссертацияларын қорғады.

Студентлер ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиялары ҳәм атлы мәмлекетлик стипендиялары ҳаққында мағлыўмат

    Дерлик барлық студентлердиң үлкен арзыў ҳәм мақсети есапланған атақлы мәмлекетлик стипендиялар ҳар жылы өзиниң жаңадан-жаңа ийелерин таўып алмақта. Мәмлекетлик стипендия ийесине айланыў студент ушын материаллық қошамет, жоқары атақ есапланады.  Мыңлап, миллионлап талабанларды өзине мәргия сыяқлы өзине тартатуғын Президент стипендиясы ҳәм атақлы мәмлекетлик стипендияларын 2018-2019-оқыў жылы ушын университеттиң 1  студент, сол қатары 1 бакалавр Беруний мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы болды.

Мәмлекет илимий-техникалық дәстүри шеңбериндеги жойбарлар

ҳәм хожалық шәртнамалары

    Өзбекстан Республикасы Инновацияларды раўажландырыў министрлиги тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланған мәмлекетлик буйырытпасы тийкарында белгиленген илимий изертлеўлер ушын мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңбериндеги илимий-техникалық жойбарлар әмелге асырылады.     

     Филиалда мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңбериндеги әмелге асырылатуғын фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар, хожалық шәртнамалары, инновациялық бирге ислесиў кәрханалары тәрепинен әмелге асырылған илимий изертлеўлер, Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери менен қадағаланбаған басқа дереклерден қаржыландырылады.

   Усы жылда филиал профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилери тәрепинен  мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңберинде жәми 3 проект бойынша 143 млн сўмлық илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, 1 әмелий,  2 инновациялық проектлер орынланды. Усы илимий-изертлеў жойбарларына 20 ға жақын зийрек студентлер ҳәм магистрантлар қамтып алынған.