Сабыр Хожаметов 1993-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы агрономия факультетине оқыўға кирип оны 1998-жылы табыслы тамамлайды. Ол мийнет жолын 1998-жылы Әмиўдәрья районы “Толқын” хожалығы биолабораториясы баслығы лаўазымынан жумыс баслады. 2002-2004-жыллары Әмиўдәрья районы “Толқын” машина – трактор парки бас есапшысы, 2004-2007-жыллары Әмиўдәрья районы аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими баслығы, 2007-2010-жыллары Қарақалпақстан Республикасы, Өсимликлерди қорғаў орайының директоры, 2010-2016-жылы Қарақалпақстан Республикасы, аўыл ҳәм суў хожалығы министириниң агротехнология мәселелери бойынша биринши орынбасары, 13.03.2012-жылдан Қарақалпақстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри ўазыйпасын ўақтынша орынлаўшы, 2016-жылдан ҳәзирги ўақытқа дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары болып ислеп келмекте.

 

 

     

Сейтназаров Сарсенбай 2008-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалын тамамлаған. 2009-жылдан Тахтакөпир районы “Тайымбет” фермер хожалығының баслығы. 2013-жылдан Қарақалпақстан Республикасы, Фермерлер Кеңеси баслығы лаўазымына сайланған. Ҳәзирги күнде Тахтакөпир районы “Тайымбет” фермер хожалығын басқарып келмекте.1993-жылы. Өзбекистан Республикасының “Ҳүрмет жарлығы”, 1997-жылы. “Шухрат” медалы менен, 2007-жылы. ӨзР “Фидокорона меҳнатлари учун” ордени, 2011-жылы «Ўзбекстан Каҳарманы» ҳүрметли атағы, «Алтын жулдыз» медалы менен сыйлықланды. “Ташаббус-2007” көрик таңлаўы жеңимпазы. 2009-жылы. Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, 2009-жылы. Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеңеси депутаты.

 

 

       

Шербаев Ринат 2010-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Агроинженерия факультетин тамамлаған. 2010-2011-жылы Германияда шығыс Европа менен аўыл хожалығы ҳәм экологиялық теңсалмақлылық дәстүри бойынша әмелиятта болған. 2011-жылы Қоңырат районы ҳәкиминиң бас қәнигеси, Қоңырат районы аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими баслығы лаўазымында ислеген. 2016-жылдан Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини Бас мәмлекет инспекциясында жетекши агроном-инспектор, 2017-жыл Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы оқытыўшысы, 2018-жылдан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекистан мәмлекет карантин инспекциясы баслығы лаўазымында ислеп келмекте.