2021-жылдың 7-июль куни институтымызға Қытайдың Синцзян экология ҳәм география институти ўәкиллери мырза Ма Цзин ҳәм Цзин Хунцян келди ҳәм институтымыз профессор-оқытыўшыларына аўыл хожалығы тараўында тамшылатып суўғарыў системасын орнатыў бойынша «Синцзянның жетекши егинлерин Өзбекстанда жетистириў» жойбары шеңберинде семинар өтти. Буннан тысқары Нөкис районындағы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы халықаралық инновациялық орайдың дала майданында қытайлы экспертлер менен биргеликте әмелий сабақлар алып барылды. Семинар соңында қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.