Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты қабыллаў комиссиясы 2021-2022-оқыў жылында абитуриентлерди оқыўға шақырып қалады.

✅ Ҳүжжетлер бакалавр тәлим бағдарларының күндизги ҳәм сыртқы тәлим түри бойынша абитуриентлер www.dtm.uz (https://abitur.dtm.uz/login) сайтының “Қабыллаў-2021” бөлими яки мәмлекетлик хызметлер орайы бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (www.my.gov.uz (https://my.gov.uz/uz/students-admission)) арқалы пәнлер блогы бирдей болған бес бакалавриат тәлим бағдарларын таңлаў мүмкин.
? Еслетипе, абитуриентлерди онлайн дизимге алыў 2021- жылдың 22-июльине шекем (22-июль күниде) даўам етеди.
✅ Магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлер тапсырыў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий http://magistr.edu.uz веб-сайты арқалы әмелге асырылады.
? Абитуриентлер ҳәм ата-аналар қосымша мағлыўматларды институттың CALL CENTER арқалы алсаңыз болады.
☎️ 61 2292692
☎️ 61 2292689
☎️ 612292523
? www. tdaunukus.uz