Алишер Наўайының 580 жыллығы мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди

Ушырасыўды филиалдың «Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық» бөлими баслығы М.Тлегенов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Өзбек әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ғәззел мүлки султаны Алишер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыўы мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўға Қарақалпақстанға мийнети синген мәдений хызметкер, шухрат медалы ийеси, Өзбекстан ҳәм Қарақлпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы А.Өтепбергенов ҳәм де филиалымыз студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Қарақлпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы А.Өтепбергенов сөзге шығып өзбек ҳәм туркий ҳалықлар әдебияты уллы шайыры, ири ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкар салыўшысы, уллы алым, улама, дүнья таныған кәмил инсан, ири тарийхшы, илим-пән ҳәм әдебият халқына устаз-Ҳазрат Низомиддин Мир Алишер Наўайы 580 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўда уллы шайырымыздың ең жоқары шоққысы есапланған «Ҳамса» шығармасы (1483-85) шайыр бириншилерден болып, түркий тилде толық «Ҳамса» жаратты ҳәм түркий тилде ири көлемде шығарма жазыў мүмкинлигин сыпатлап берди.
Бул илажды өткериўден мақсет Алишер Наўайының бай әдебий мийрасын үйрениў, студент-жаслар қәлби ҳәм санына Наўайы шығармаларының мазмун-әҳмийетин терең сиңдириў ҳәм жас аўлатты жоқары мәнәўиятлы инсанлар етип жетистириў болып табылады. Илаж даўамында тарийхта өшпес из қалдырған келешек әўлатқа мүнәсип әўлад болып өсип атырған жасларды ўатанға мухаббат ҳәм инсаный қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда Наўайы қалдырған бийбаҳа әдебий мийрасын үйрениў, бүл бағдарда билимлерди және де беккемлеў зәрүрлиги айтылып өтти.
Сондай-ақ жыйналыс соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.

Филиал баспасөз хызмети